Әмелий жәрдем бериў илажлары келисип алынды

Корея Халықаралық денсаўлықты сақлаў фонды (KOFIH)ның шөлкемлестириўинде усы жылдың 16-20-февраль күнлери Yonsey университети ўәкиллеринен дүзилген делегацияның Өзбекстанға сапары режелестирилген болып, усы делегация ағзалары менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде ушырасыў шөлкемлестирилди.
Бул илаж Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм KOFIH арасындағы 2024-2027-жылларға арналған Өзбекстан Республикасында емлеўханаға шекемги болған қыстаўлы медициналық жәрдемниң потенциалын беккемлеў жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.

Мақсет – медицина хызметкерлерине болған зәрүрликти баҳалаў ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем системасын раўажландырыў бойынша консалтинг жойбарын баслаўға таярланыўдан ибарат.
Ушырасыўда усы мәселелер додаланып, әмелий жәрдем бериў бойынша илажлар келисип алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги