Есимөзекте газ тәмийнаты жаңаша системада жолға қойылмақта

217

Бүгинги күн жағдайына Қараөзек районында тәбийғый газден пайдаланыўшы 6388 жеке хожалық, 138 көтере тутыныўшы ҳәм район орайынан алыстағы  тәбийғый газ жетип барыўы қыйын аймақларда 2971 суйылттырылған газден пайдаланыўшы хожалықлар жайласқан.

Тутыныўшыларды үзликсиз тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў бойынша анық режелер ислеп шығылып, бул жумыслар районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен әмелге асырылмақта.

– Тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериўде район бойынша жәми ҳәрекеттеги 544,8 километрлик газ тармақлары болып, солардың 22,6 километрлик бөлеги жоқары басымлы, 301,7 километрлик бөлеги орта басымлы газ тармақлары болып есапланады. Солардан 28,4 километрлик бөлеги жер астында жайласқан. Сондай-ақ, тутыныўшыларға 143 газ бөлистириўши пунктлер арқалы тәбийғый газ жеткерип бериледи,-дейди Қараөзек районлық газ тәмийнаты бөлиминин бас инженери Бахрам Абилакимов.

Халыққа тәбийғый газ жеткерип бериўди еле де жақсылаў ҳәм газ тармақларында газ шығынларын азайтыў мақсетинде «Паркент тәжирийбеси» тийкарында «Автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы» жойбары бойынша жумыслар қолға алынған. Усы тәжирийбени сынаў мақсетинде Есимөзек мәкан пуқаралар жыйыны таңлап алынған. Таңлап алынған бул аймақтағы 8 көшеде 255 хожалық жайласқан болып, ондағы газ тармақларының 6,9 километрлик бөлеги жер үстинде ҳәм 1,0 километрлик бөлеги жер астында жайласқан.

Бул автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы системасының иске түсирилиўиниң тийкарғы мақсети, жыллық газ шығынларының алдын алыў, сондай-ақ, тутыныўшыларға жеткерип берилетугын тәбийғый газ тәмийнатын және де жақсылаўдан ибарат.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги