Зыяратшыларға қолайлық жаратыўда Саудия Арабстаны менен тығыз бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

191

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-февраль күни елимизде сапар менен болып турған Саудия Арабстаны Патшалығы ҳаж ҳәм умра ислери министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабианың басшылығындағы делегацияны қабыллады.

 Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Саудия Арабстаны Патшасы Салмон Ол Сауд ҳәм Мийрасхор, мәмлекет Бас министри Муҳаммад Ол Саудтың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди. Министр, сондай-ақ, Патшаның көп миллетли Өзбекстан халқына саўғасы –муқаддес Каъба жамылғысы кисваның бир бөлегин тапсырды.

Өзбекстан жетекшиси, өз гезегинде, Саудия Арабстаны басшысына бийбаҳа саўға ҳәм зыяратшыларымыздың мусылман дүньясы орайлары- Мәкке ҳәм Мадинада болыўы ушын жаратылған имканиятлар менен қолайлы шараятлар ушын терең миннетдаршылық билдирди. Өткен жылдың өзинде 800 мыңнан аслам пуқараларымыз Умра зыяратын, 15 мың пуқара Ҳаж ибадатын орынлады.





Сөйлесиў ўақтында өзбекстанлы зыяратшыларға шараятлар ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын және де жақсылаў, олардың Саудия Арабстанына сапары қәўипсиз ҳәм қолайлы болыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

 

ӨзА