Студент қызлар менен мазмунлы ушырасыў

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен исбилерменликке қызығыўшы студент қызлар ушын «Ҳаял, бизнес ҳәм инновация» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди,-деп хабар бермекте басқарманың баспасөз хызмети.
Семинарда Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Н.Мамбетова, филиал директорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Қыдырниязова, “ALPAMIS STOMADENT” ЖШЖ директоры, исбилермен М.Жолшимова, “Rosimed” ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген эстетикалық-косметологиялық орайының баслығы С.Асановалар қатнасып, студент-қызлар менен бизнес ҳәм инновациялық жумысларында топлаған тәжирийбелери менен ортақласты.
― Саўда-санаат палатасының Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға көмеклесиў бөлими тәрепинен тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер, исбилерменлер менен биргеликте орынларда исбилерменликке қызығыўшы жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм пуқаралар ушын бизнес семинарлар, ушырасыўлар шөлкемлестирип келмектемиз. Әсиресе, бул ушырасыўларда тәжирийбели исбилерменлер өз билим ҳәм тәжирийбелери менен ортақласып атыр. Бүгинги шөлкемлестирилген илажда студент қызлар Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменлерге жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлерден толық хабардар болып, бизнесин баслаў хәм оны раўажландырыў бойынша мағлыўматларға ийе болды. Алдағы ўақытларда Саўда-санаат палатасы тәрепинен елимиз пуқараларын исбилерменликке тартыў бағдарындағы илажлар еле де даўам етеди,-дейди Н.Мамбетова.

Илажда студент қызлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги