Трамп АҚШқа душпан мәмлекеттиң атын тилге алды

Венесуэла – АҚШтың душпаны. Ақ үй басшысы Дональд Трамп журналистлер менен ушырасыўда усындай баянат берди.
«Неге олар (АҚШтың бурынғы президенти Жо Байден ҳәкимияты хызметкерлери) душпан менен байланыс орнатып, оған миллиард-миллиард долларларды берди?», – деп ортаға сораў таслады Трамп.
Трампқа бола, әйне Байденниң дәўиринде АҚШ миллиардлаған долларға Венесуэладан нефть сатып алған.
Мағлыўматларға қарағанда, усы жыл январь айының ақырында Венесуэла президенти Николас Мадуро Каракаста АҚШтың арнаўлы елшиси Ричард Гренелл менен ушырасқан. Мадуро арнаўлы елшини рәсмий резиденциясы – Мирафлорес сарайында қабыллаған. Мадуро Трамптың ўәкилине «Нолинши күн тәртиби»не өтип, Венесуэла ҳәм Қурама Штатлар қатнасықларын жаңадан баслаўды усыныс еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги