Канада, Испания ҳәм Эстонияның Өзбекстандағы жаңа елшилери жумыс баслады

190

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов, 18-февраль күни Канада ҳәм Испанияның жаңадан тайынланған елшилеринен исеним жарлықларын қабыллап алды.

Өзбекстан СИМ басшысы, соның ишинде, Канаданың Өзбекстандағы жаңа елшиси Кристофер Дуганнан исеним жарлықларын қабыллап алыў мәресимине тоқтап өтип, халықаралық майданда регионның глобал роли кеңейип атырғаны ҳәм Өзбекстан Канада мәмлекети менен байланысларында еле жүзеге шықпаған үлкен имканият көрип атырғанын атап өтеди.

Сондай-ақ, Б.Саидов Испанияның жаңадан тайынланған елшиси Рикардо Мартинес Васкестан (резиденциясы Москва қаласында жайласқан) исеним жарлықларын қабыллап алған.

«Мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар динамикасы жоқарылап атырғанлығы анық көринбекте. Еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери биргеликте турмысқа қолланылыўы керек болған үлкен имканиятларды айырқша атап өттик. Мырза елшиге Өзбекстан-Испания бирге ислесиўиниң жаңа бағдарларын раўажландырыўда ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўында әўмет тилеймиз»,-деп жазады Өзбекстан СИМ басшысы.

19-февраль күни болса Эстонияның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған Елшиси Яап Ора да Өзбекстан СИМ басшысына исеним жарлықларын тапсырды.

«Елши мырза менен Өзбекстан ҳәм Эстония мәмлекетлери арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги динамикасын додаладық. Экономикалық дипломатия, мәлимлеме технологиялары, халықлар арасындағы байланыслар, мәденият ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўимизди раўажландырыўға айрықша итибар қараттық. Мырза Елшиге мәмлекетимизде табыслы жумыс алып барыўында әўмет тилеймиз»,-дейди бул бул ҳаққында Саидов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги