Зеленский Ар-Риёдтағы АҚШ – Россия сөйлесиўин «сюрприз» деп атады

254

АҚШ ҳәм Россия ўәкиллери Саудия Арабстанында сөйлесиў өткерген болса, Түркия басшысы Режеп Таййип Эрдоған Анкарада Владимир Зеленский менен ушырасты.

Украина жетекшиси кеше кеште Бирлескен Араб Әмирликлеринен Түркия пайтахтына ушып келди.

– Саудия пайтахтындағы сөйлесиў Украина ушын күтилмеген ўақыя, – делинген «Анадолу» хабарында. – Бул ҳаққында Президент Зеленский Эрдоған менен бирге Анкарада өткерилген қоспа баспасөз әнжуманында айтты.

Ол Түркияның миймандослығы, өз-ара сөйлесиўге салмақлы ҳәм конструктив қатнасқанынан қанаатланғанын билдирип, былай деген:

– Қатнасықларымыз жоқары дәрежеде, бул ушын мырза Эрдоғанға ҳәм пүткил түрк халқына миннетдаршылық билдиремен, деди. Сиясатшы Түркия украиналы әскерий хызметкерлерди, тыныш халық ўәкиллерин тутқынлықтан азат етиўге жәрдем бергенин еследи. Сондай-ақ, мәмлекет Украинаның аймақлық пүтинлиги ҳәм суверенитети бойынша оғада принципиал позицияда екенин жоқары баҳалады.

Президент жақында Украинаның Анкарадағы елшиси етип тайынланған Нариман Жалол да 3 жыл тутқынлықта сақланғанын еслетти.

– Барлық украиналы тутқынлар үйлерине қайтсын, – деп қосымша етти Украина басшысы. – Олар өзиниң шаңарағы менен тыныш-татыў жасасын. Тутқынларды Украинаға қайтарыўымыз керек. Ар-Риёдтағы Россия – АҚШ сөйлесиўи биз ушын күтилмеген қәдем болды. Бул ҳаққында ғалаба хабар қуралларынан билдик.

М.Пирматова, ӨзА