Кәмбағал шаңарақларға социаллық жәрдем түрлери қайсы тәртипте көрсетиледи?  (+видео)

450

Бизге белгили, усы жылдың 12-февраль күни «Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Усы ҳүжжетке муўапық, 2025-жыл 1-апрельден «Социаллық дәптерлер» қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса- айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да бериледи.

«Социаллық дәптерлер» қорлары арқалы социаллық жәрдемлер қайсы тәртипте көрсетиледи?

Шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режеде кәмбағал шаңарақлардың жаслары ҳәм ҳаял-қызларына белгили бир социаллық жәрдемлердиң белгилениўи усы категориядағы шахслардан қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда «Социаллық дәптерлер» қорлары есабынан социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады.

«Социаллық дәптерлер» қорлары есабынан социаллық жәрдем көрсетиўди сорап мүрәжат еткен шахслардың социаллық жағдайын анықлаў «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы арқалы, шаңарақтың қаржылай жағдайы болса – уйымлараралық мәлимлеме алмасыў арқалы автомат түрде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады.

Социаллық қорғаў миллий хызметкери Саҳобиддин Давронов усы пәрманның тийкарғы мақсетлери, онда белгиленген ўазыйпалар ҳәм оларды әмелге асырыў ушын керекли болған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

ӨзА