Бабур – әдиллик ҳәм ағартыўшылық тымсалы еди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили мәмлекетлик ғайраткер, шебер әскербасы, уллы шайыр, тарийхшы илимпаз сыпатында мәмлекетимиз ҳәм дүнья халықлары тарийхында өшпес из қалдырған Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 542 жыл толыўына арналған «Әдиллик ҳәм ағартыўшылық тымсалы» атамасындағы илимий-әмелий конференция ҳәм көркем-әдебий кеше болып өтти,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Конференцияны институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Реймов алып барды.
Илажда «Бабурдың өмиринде ҳаял-қызлардың орны», «Маҳрами асрор топмадим…», «Комрон мирзо поэзиясында Бабур дәстүрлери», «Бабурдың ғәззеллеринде ағартыўшылық идеялары» атамаларындағы баянатлар оқылып, уллы тулғаның өмири ҳәм дөретиўшилиги, дүнья халықлары тарийхы ҳәм әдебиятында тутқан орны ҳаққында пикирлер билдирилди.

Заҳириддин Муҳаммед Бабур 1483-жылдың 14-февралында Әндижанда, Ферғана ўәлаятының ҳүкимдары Омаршайх ҳәм оның өмирлик жолдасы Қутлуғ Нигарханымлардың шаңарағында дүньяға келди. 1494-жылы әкеси қайтыс болғаннан соң, он еки жасында тахтқа отырды. Бабур белгили мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер әскербасшы болып қоймастан, соның менен бирге, уллы шайыр, дөретиўши, тарийхшы илимпаз болып есапланады. Ол 16-17 жасынан баслап көркем дөретиўшилик пенен шуғылланған.
1503-жылы «Хатти Бабурий» деп аталған әлипбе жаратқан. 1519-жылы Кабулда «Кабул дийўаны»н дүзди. 1521-жылы улы Ҳумаюнға арнап, ҳуқықтаныўшылыққа байланыслы, салық жумысларын тәртипке салатуғын «Мубаййин ал-закот» («Зәкат баяны») шығармасын дөретти. Музыка илими менен шуғылланып, «Чоргоҳ» мақамына «савт»лар жазды.
1523-1525-жылларда әдебияттаныўшылыққа байланыслы «Муфассал» («Қысқаша қолланба») шығармасын жазды. 1528-жылы Хожа Аҳрардың «Волидия» шығармасын өзбек тилине аўдарды. 1528-1529-жыллары «Ҳинд дийўаны»н дүзип шықты.
Бабурдың тарийхый-мемуарлық шығармасы есапланған «Бабурнама» 1494-1529-жыллардағы ўақыяларды өз ишине алады. «Бабурнама» XVI әсирде Шығыс тиллерине аўдарылған. 1826-1985-жыллар аралығында төрт мәрте инглис, үш мәрте француз, бир мәрте немис тилине аўдарылып, баспадан шығарылған.
Бабур Ҳиндстандағы ҳүкимдарлығы дәўиринде әдил нызамлар шығарды, жизия салығын бийкар етти, қайтыс болған күйеўин ҳаялы менен бирге күйдириўди қадаған етти, абаданластырыў жумысларын жолға қойды, каналлар қаздырды, имаратлар қурғызды. Әтирапына илимпаз-данышпанларды топлады. Өзи барған жердиң тарийхы, илими, үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қарады. Жергиликли халық ўәкиллери менен кеңесип, биргеликте жумыс иследи. Бағлар жаратты. Аўғанстан ҳәм Маворауннаҳрдағы дослары менен тығыз байланыста болды.
Ғәрезсизлик жылларында Бабур шығармаларының илимий-көпшилик басылымлары бойынша академик А.Қаюмов, профессор С.Ҳасанов, А.Абдурашидов, Ҳ.Муҳаммадхужаев, В.Раҳмонов, Э.Очилов ҳәм басқалар көлемли жумысларды әмелге асырды.

Халықаралық Бабур қорының басламасы менен қурылған Әндижандағы Бабур бағында «Бабур ҳәм дүнья мәденияты» китап музейи де қурылды.
Оның шығармаларының ҳәзирги күнге шекем отыздан аслам дүнья тиллерине аўдарылыўы, дүнья илимпазлары тәрепинен уллы бабамыздың мийрасын ҳәр тәреплеме изертлеўге болған қызығыўшылықтың күшейип атырғаны Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайы ҳәм мәртебесиниң артыўына үлкен үлес қоспақта.

Илаж институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.