OANA Бас ассамблеясы Санкт – Петербургте өтеди

ТАСС Азия ҳәм Тыныш океаны мәмлекетлери мәлимлеме агентликлери шөлкеми (ОАNA) 19-Бас ассамблеясын өткериў ҳуқықына ийе болды. Структура Атқарыў комитетиниң Куала-Лумпурдағы мәжилисинде усы әнжуманды 2025-жыл июнь айында Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында шөлкемлестириў бойынша бир даўыстан қарар қабыл етилди.
OANA Бас хаткери Замон Ризахоний өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ТАССтың дүнья мәлимлеме жәмийтшилигиндеги жоқары абырай-мәртебесин және бир мәрте атап өткен.
ТАСС Бас директорының биринши орынбасары Михаил Гусман Бас ассамблея шеңберинде қатнасыўшылардың жалпы мәжилислеринде қатнасыўы, жетекши россиялы сиясатшылар, жәмийетлик ғайраткерлери менен ушырасыўы, сондай-ақ, Санкт-Петербург пенен жақыннан танысыўы мүмкин екенлигин билдирди.
1961-жылы ЮНЕСКОның басламасы менен шөлкемлестирилген, ҳәзирги күнде, 35 мәмлекеттиң 40тан аслам мәлимлеме агентлигин бирлестирген ОANA көп полярлы медиа мәканы ҳәм глобал ўақыяларға альтернатив көзқарасты қәлиплестириўде әҳмийетли орын тутады. Дүнья мәлимлеме ағымының үштен еки бөлеги усы структураға қосылған мәмлекетлер үлесине туўра келеди.
Азиза Алимова, ӨзА