Айырым дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады

«Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-22-санлы, 14.02.2025.ж) қабыл етилди.
Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан төмендеги қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи:
-ҳәр жылы 500 мәҳәлле биреўден халықтың қыйтақ жеринде әмелге асырылған ең үлгили ҳәм инновациялық жойбар ушын БЕМниң 100 есесинен артпаған муғдарда грантлар ажыратылады;
-тәжирийбели дийқанлар тәрепинен қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын ҳәр бир курс ушын БЕМниң 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады;
-белгили бир мәҳәлледеги 50 процент шаңарақлардың қыйтақ жеринде экспортқа қолайлы өним жетистириўди жолға қойып берген тәжирийбели дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;
-қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши субъектлерге коммерциялық банклер арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеў, кептириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары ушын 2 жылға шекем жеңилликли дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке Орайлық банк ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада (соннан 5 процент банк маржасы) кредитлер ажыратылады;
-халықтың қыйтақ жерлери ҳәм ижара жерлеринде ықшам музлатқышлы қоймаханалар , қадақлаў, кептириў ҳәм қайта ислеў үскенелери, таяр ҳалындағы ыссыханалар 24 айлық жеңилликли дәўир менен 5 жылда төлеў шәрти менен лизингке бериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги