Кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине жаңа ўазыйпалар жүкленди

232

«Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша  илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-22-санлы, 14.02.2025.ж) қабыл етилди.

Пәрманға бола, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Өзбекстан фермерлери кеңеси етип қайта аталмақта.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине дийқан хожалықларын ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин раўажландырыўға байланыслы төмендеги қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленди, соның ишинде:

-халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықларындағы жер майданларын толық хатлаўдан өткериў ҳәм оларда жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлери есабынан жүргизиў ҳәм “Online mahalla” платформасында анық ҳәм толық мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

-район ҳәм мәҳәллелердиң қәнигелесиўи бойынша потенциал ҳәм имканиятларынан келип шығып, қыйтақ жерлерде жоқары дәраматлы өнимлер жетистириўди жасыл ҳәм инновациялық көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў арқалы халықтың жоқары дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды кәмбағаллықтан шығарыў.

Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысын раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша кеңес дүзилди.

Фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанында Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги