ТМШ шеңберинде қәбилетлерди раўажландырыў бойынша инновациялық көзқараслар қоллап-қуўатланады

Стамбулда Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) шеңберинде Инсан ресурслары бойынша семинар болып өтти. Түркия Республикасы Президенти Инсан ресурслары басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилген илажға Өзбекстан делегациясы да қатнасты.
Семинарда қатнасыўшылар инсан ресурсларын басқарыў ҳәм потенциалын арттырыў басламалары бойынша тәжирийбе алмасты.
Додалаўларда тийкарғы итибар институционаллық тийкарларды жетилистириў, ТМШ мәмлекетлери арасында бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм қәбилетлерди раўажландырыўда инновациялық көзқарасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан тәрепи барлық қатнасыўшыларды 2025-жыл 23-25-июнь күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын БМШтың Мәмлекетлик хызмет форумына қатнасыўға мирәт етти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер инсан ресурслары тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға умтылысларын билдирип, алдағы режелерди додалады.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы