«Ҳудудгазтаъминот» АЖ: жаңаланған газ бөлистириў пунктлеринде жасалма интеллекттен пайдаланылмақта

Кеше АОКАда өткерилген брифингте «Ҳудудгазтаъминот» АЖ мәлимлеме хызметиниң басшысы Дилорам Жуманиёзованың мәлим етиўинше, жәмийет тәрепинен 2025-жылдың басынан халыққа ҳәм көтере тутыныўшыларға 4 миллиард 923 миллион 74 мың метр куб тәбийғый газ жеткерилген.
Соның 3 миллиард 441 миллион 910 мың метр кубы халыққа, 1 миллиард 481 миллион 164 мың метр кубы көтере тутыныўшыларға жеткерилген. Сондай-ақ, ыссылық тәмийнаты кәрханалары 297 миллион 180 мың, социаллық тараў объектлери 63 миллион 47 мың, автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшалары болса 462 миллион 21 мың метр куб тәбийғый газ бенен тәмийинленген. 90 мың 463 тонна суйылтырылған газ қарыйдарларға жеткерилген.
Шетки аймақлардагы халық реже-график тийкарында газ баллонлары менен тәмийинленбекте. Қыс мәўсими ушын 35 мың 100 дана газ баллонлары ҳәм 3,5 мың тонна резерв қәлиплестирилген.
Газ тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы техника, комплектлеўши бөлеклер ҳәм авариялық жағдайларды сапластырыўға 848 қәнигеден ибарат бригадалар тартылған.
Жыл басынан берли 6021 нызамсыз газден пайдаланыў жағдайы анықланып, 81 миллиард 300 миллион сумлық газ көлеми қайта есап-санақ етилди. Сондай-ақ, 30 «бункер»диң жумысы ашылып, 17,3 мың тонна суйылтырылған газ талан-тараж етилиўине жол қойылмады.
Газ тәмийнаты системасын модернизациялаў шеңберинде аралықтан мониторинг ҳәм бақлаў имканиятын беретуғын телеметрия системасы енгизилди. Жаңаланған газ бөлистириў пунктлеринде жасалма интеллекттен пайдаланыў имканияты жаратылды.
Бгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наманган, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында бул жойбар әмелге асырылмақта.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы