Экспорт потенциалын арттырыў механизмлери додаланды

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги директоры Иброҳим Эргашев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша орынбасары Ш.Тешаев ҳәм тараў ўәкиллериниң қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда, экспортёрлар, қадақлаўшы кәрханалар, фермер хожалықлары, агрокластерлердиң басшылары менен мийўе-палыз өнимлерин жетистириўде кооперацияларды шөлкемлестириў, өнимлерди экспорт етиў, оларды қайта ислеў мәселелери додаланды.

Бул бағдарда Армения ҳәм Иран тәжирийбеси бойынша мағлыўматлар берилип, өнимлерди органикалық усылда жетистириўдиң абзаллықлары ҳаққында мағлыўматлар атап өтилди.
Сондай-ақ, өнимлерди заманагөй қадақларда экспорт етиў мәселеси көрип шығылды. Бүгинги күнде ҳәр қыйлы өлшемдеги гофра қутылар, пластикалық таралар бойынша тармақты раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги