Кибержынаят, информациялық ҳүжим, онлайн алдаўшылық – жаңа қәўип

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар, атап айтқанда, кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелелерине бағышланған ушырасыў шөлкемлестирилди,-деп хабар бермекте усы институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник Б.Төребеков, министрликтиң Оператив излеў хызмети кибер жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлиминиң баслығы, майор Д.Сейтмуратов, жуўапкер қәнигелери, институттағы жаслардың тәлим-тәрбиясына жуўапкер қәнигелер, тьюторлар ҳәм студентлер қатнасты.
Ушырасыўды институт ректоры Қ.Қодиров алып барды.
Илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде глобал информациялық майданда кибер орталық пенен байланыслы болған жаңа қәўиплер пайда болмақта. Сонлықтан, виртуал әлемдеги ҳүжимлерден қорғаныў мәселеси дүнья жәмийетшилигин терең ойға салмақта.
Дүнья бойлап ҳәр жылы 500 миллионнан аслам кибер ҳүжимлер шөлкемлестириледи. Өзбекстанда да соңғы жылларда усы түрдеги жынаятлардың саны көбейип, банк-қаржы операциялары арқалы басқалардың пластик картасындағы қаржыларды өзлестириў, зыянлы вируслар тарқатыў, қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған онлайн ойынлар, диний догматизмге бағдарланған информациялық ҳүжимлер, онлайн саўда майданындағы алдаўшылықлар сыяқлы жағдайлар жийи-жийи ушыраспақта.
Ашынарлы тәрепи, информациялық технологиялар жәрдеминде ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятқа қол урған адамлардың арасында жаслар көпшиликти қурайды. Республикамызда виртуал әлемдеги нызам бузылыўшылықтың басым көпшилиги 16-23 жас аралығындағы жаслар тәрепинен әмелге асырылмақта. Буннан көринип турғанындай, киберқәўипсизликти тәмийинлеў мәселеси бүгинги күни ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып табылады.
Илажда қәнигелер тәрепинен жаслар арасында бундай жағдайлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, кибержынаятшылықтың ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында мағлыўматлар берилип, алдағы биргеликте исленетуғын жумыслар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги