Жас экологлар өз билимлерин сынап көрди

Өсип киятырған жас әўладтың тәбиятқа болған меҳирин оятыў ҳәм олардың экологияға байланыслы шығарылған нызамлар бойынша билим көнликпесин арттырыў мақсетинде, Нөкис қаласында республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң жоқары класс ҳәм кәсип-өнер мектеплери оқыўшылары арасында «Сиз экологияға тийисли нызамларды билесиз бе?» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Таңлаўға республикамыздың барлық аймақларынан усы таңлаўдың сектор басқышларында жеңимпазлықты қолға киргизген командалар белгиленген 4 шәрт бойынша өз-ара беллести.
Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды Нөкис қаласындағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы қолға киргизип, таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Таңлаўда өзлериниң терең билимге ийе екенлигин көрсете алған Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары екинши ҳәм Шоманай районындағы 15–санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы сыйлы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
Өткерилген таңлаў соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы