Инглис әскерлери Украинаға орналастырылыўы мүмкин – Daily Telegraph

Трамп ҳүкимети Россия менен урысты Европаның қатнасыўысыз шешиўге ҳәрекет етип атырған бир ўақытта, Европа мәмлекетлери басшылары Францияда Украина бойынша айрықша саммит өткермекте.
Трамптың Путинге позициясы ҳәм АҚШ рәсмийлериниң Украина ҳәм НАТО бойынша билдириўлери Европада қәўетер оятқан. Көпшилик келисим Россияға үстинлик береди, деп есапламақта.
Екшемби күни Украина Президенти Владимир Зеленский АҚШ ҳәм Россия арасында Украина бойынша қабыл етилген ҳәр қандай келисимди бийкарлайтуғынын мәлим етти. Егер зәрүр болса, тынышлық келисимин әмелге асырыў ушын инглис әскерлери Украинаға жайластырылыўы мүмкин. Бул ҳаққында Daily Telegraph газетасы Уллы Британия Бас министри Кир Стармердиң сөзлерине сүйенип хабар берди.
Сондай-ақ,Франция Президенти Эммануэль Макрон екшемби күни Саудия Арабстаны мийрасхор патшасы Муҳаммад бин Салмон менен телефон арқалы сөйлесип, Россияның Украинадағы урыс мәселесин додалаған. Ол Европа Украинада тынышлықты беккемлеў процесслериниң орайында болыўы керек екенин атап өткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги