Талант ҳәм излениў-уллы келешекке қарай

Төрткүл районында туўылып өскен Уғылай Аминова жас дөретиўши сыпатында үлкен жетискенликлерге ерисип келмекте. Ол Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Мунаввара Юсупова басшылығындағы «Онажоним шеърият” клубының белсенди ағзасы. Уғылай мектептиң 9-класс оқыўшысы болыўына қарамастан түрли дөретиўшилик таңлаўларға қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Атап айтқанда, «Китап бизиң достымыз», «Дөретиўши балалар», «Китапсүйер балалар» сыяқлы таңлаўлардың республикалық ҳәм аймақлық басқышларында жеңимпаз болғанлығы буған айқын мысал бола алады.
Уғылай Аминова қосық ҳәм әдебиятқа қызығыўы менен бирге түрк ҳәм әзербайжан тиллеринде де еркин сөйлей алады. Усы күнге шекем оның төрт авторлық китабы баспадан шыққан ҳәм Европа, Германия, Россия, Япония ҳәм Саудия Арабстандағы баспалар менен биргеликте ислесиў ушын шәртнама бойынша келисимге қол қойған. Жас талант ийеси дөретиўшилик изленислерди даўам еттирип, келешекте Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алыўды алдына мақсет етип қойған.

Уғылайдың мийнети ҳәм изленислери оның жарқын келешегин тәмийинлеўге исенемиз ҳәм табыслар тилеймиз.
Юлдуз Ниёзова, Бердақ атындағы ҚМУ диң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги