Медицина: квота тийкарында «ордер» бериў тәртиби бийкар етилип, ашық-айдын механизм жаратылды

Жақын жылларға шекем мүтәж наўқаслардың ўәлаят ямаса республикалық медицина мәкемелеринде емлениўи ушын қағаз түриндеги «ордер» системасынан пайдаланып келинген. ДСМ баспасөз хызметиниң атап өтиўинше де бундай жеңилликлерди бериўде көбинесе коорупциялық жағдайларға жол қойылған. Ақыбетинде пуқаралар түрли қыйыншылықларға дус келген. Бул болса ҳақыйқый мүтәжлиги бар халықтың емлениў ушын жыллап гезекте турыўына ямаса «ордер» алалмай, ҳәлек болыўына себеп болған.
Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 28-июльдеги тийисли қарарына муўапық бундай әмелияттан пүткиллей ўаз кешилди. Нәтийжеде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңилликли категорияға киретуғын шахсларға квота тийкарында «ордер» бериў тәртиби бийкар етилип, оларды электрон система арқалы есапқа алыў ҳәм гезек тийкарында емлениўге жоллаў системасы енгизилди.
– Бул арқалы тараўда ашық-айдын механизмлер әмелиятқа енгизилди, – дейди Медициналық жәрдемди шөлкемлестириў департаментиниң бөлим баслығы Азизбек Ҳамроқулов. – Нәтийжеде халыққа Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы өзиниң мүрәжаты ҳәм гезеги ҳаққындағы мәлимлемени алыў имканияты жаратылды.
Бул жоллама электрон мәлимлеме системасында автомат түрде қәлиплестирилип, наўқас мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес медицина шөлкеминде медициналық хызметлерден пайдаланыўды ықтыярлы түрде таңлайды.
Президентимиздиң 2003-жыл 26-февральдағы тийисли пәрманында жоқары технологиялық қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўши медицина шөлкемлери тәрепинен Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетилетуғын 20 жеңилликли категориядағы шахслардың дизими келтирилген.
Соның ишинде, жетим балалар, I ҳәм II топар майыплығы болған, жасқа байланыслы пенсияға шыққан ҳәм ислемейтуғын ҳәм 1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майыплығы болған шахслар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар, халықаралық жаўынгерлер, «Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақлардың балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы ағзалары, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың ағзалары ҳәм айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақлардың ағзалары жеңилликли емлениў ҳуқықына ийе.
Наўқас емленгенинен соң Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры бул мәкемеге базалық баҳалар шеңберинде көрсетилген медициналық хызметлерди тийкарлап бериўши ҳүжжетлерге муўапық жумсалған қаржыларды Мәмлекетлик бюджет есабынан өткерип береди.
Усы жеңиллик тийкарында емлеўханада емленип атырған шахсларға өз есабынан дәри-дармақлар ҳәм медициналық буйымлардың алыныўы улыўма мүмкин емес.
Емлеўханада наўқаслар тәрепинен алып келинген дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды ислетиўге руқсат бериў тәртиби Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған.
Бул бағдардағы ҳуқықый тийкар Президентимиздиң 2022-жыл 26-октябрьдеги қарарында белгилеп қойылған. Оған бола, наўқасларды емлеў ушын талап етилетуғын дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар толық емлеўхана тәрепинен сатып алынады.
ӨзА