Инвестиция тараўдың раўажланыўына хызмет етеди

Санлы технологиялар министрлигинде гезектеги экономикалық оқыў шөлкемлестирилди. Онда Министрлер Кабинетиниң жуўапкерлери, министрликтиң орайлық аппараты, аймақлық секторлар ҳәм системадағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.
Оқыў даўамында тараўда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў механизмлери, Халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметиниң қаржы шөлкемлери менен биргеликте жойбарларды әмелге асырыўдың жаңа тәртиби бойынша маман қәнигелер тәрепинен презентациялар өткерилди.
Бул экономикалық оқыў тараўға инвестиция киргизиў бойынша бар имканиятларды кеңейтиў, халықаралық қаржы институтлары менен бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, санлы технологиялар тараўында инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, санлы технологиялар тараўына инвестициялар ҳәм грантларды кеңнен тартыўдың әҳмийетли мәселелери, әмелдеги нызамшылық шеңберинде жаратылған қолайлықлар, қаржы ресурсларын нәтийжели пайдаланыў стратегиялары мәселесине де итибар қаратылды.
Презентация даўамында тыңлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Тараўға инвестицияларды және де көбирек тартыў бойынша алдынғы тәжирийбелер үйренилди.
Н.Раҳманова, ӨзА