Бирге ислесиў – жақсы нәтийжелерге тийкар жаратады

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының тергеў судьясы Г.Утепбергенова тәрепинен райондағы Саманбай ҳәм Бақаншақлы аўыл пуқаралар жыйынларында аймақ турғынлары менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.
Онда мәҳәлле аймағында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, жынаяттан аўлақ қәўипсиз аймақты жаратыў бойынша профилактикалық түсиник жумыслары алып барылды. “2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары тийкарында ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша да мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың көрсеткиши артып “Қызыл аймақ”қа киргизилген мәҳәллелерде жыйын белсендилери менен бирге ислесиўдиң әҳмийети атап өтилип, ҳуқықый мәсләҳәтлер ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары ҳаққында сөз етилди.

Халық пенен турақлы сәўбетлесиў арқалы олардың ең тийкарғы машқалалары, жумыссызлық, сана-сезим ҳәм идеология менен байланыслы машқалалар, жынаят ушын жол ашыўы мүмкин болған факторларды анықлаўға болады. Соның менен бирге, адамлардың машқалаларын тиккелей тыңлап, оларға берилиўи мүмкин болған ҳуқықый жәрдем ҳәм ресурсларды да усыныў жүдә әҳмийетли.
Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда халық пенен ушырасыў арқалы олардың машқалаларын үйрениў жүдә әҳмийетли рол атқарады. Себеби, мәҳәлле белсендилери менен шөлкемлестирилген бундай ушырасыўлар жынаятшылықтың азайыўына жәрдем бериўи менен бирге, пуқаралардың ҳуқықый билимлерин беккемлеў, өзлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелерин түсинип, жуўапкершилигин арттырыўға жәрдем береди.
Солай екен, судьялар тәрепинен орынларда өткерилип атырған бундай ушырасыўлар жынаятшылықты азайтыў арқалы жәмийетте ҳуқықый мәдениятты еле де жетилистириўде ең тийкарғы қәдем болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги