Және бир клиника өз жумысын баслады

Нөкис қаласындағы 27-киши район аймағында жайласқан көп қабатлы имаратлардың биринде «KARIMOV» клиникасының ашылыў мәресими болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, денсаўлықты сақлаў тараўының жуўапкер қәнигелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, аймақ турғынлары қатнасты.
Онда атап өтилгениндей, бүгинги күнде адамлар фармацевтика бизнесиниң қурбаны ҳәм нышаны болмаўы ушын медицинаның нейрокинезиология бағдары турмысымызға кирип келмекте ҳәм бул бойынша қәнигелер жетилисип шықпақта. Халық медицинасына жақын бул тараўдан наўқасланғанлар көбирек мағлыўматқа ийе болса дәртлерине даўа таўып, дәрисиз емлениў имканиятына ийе болады.

Кинезиология – бул латын тилиндеги сөз болып, бизиңше «ҳәрекет» деген мәнисти береди. Жақын жыллардан берли Өзбекстан Республикасына да бул тараў кирип келмекте.
Адамлардың реабилитация жағдайын, денесиндеги ҳәрекетлерди, ямаса нейродинамикасын өз жағдайына қайтарыў ушын тез тәсир күшин көрсететуғын, яғный, адам көп ўақытлар даўамында емленбестен, тез арада ҳәрекетлениўин қайта тиклеп бериўин үйретиўши илим болып есапланады.
– Бул усыл биринши мәрте l963-l964-жыллары Америкада раўажлана баслаған. Соң Европа мәмлекетлеринде, Россияда раўажланған. Португалияның Порту қаласындағы медицина университетинде ҳәм Германияның Ганновер қаласындағы нейрокинезиология университетинде де бул тараў бойынша жумысларымызды раўажландырып атырмыз. Жыллар даўамында созылмалы болып келген наўқасларды тез ўақыт ишинде емлеў бизлердиң тийкарғы ўазыйпамыз. Клиникамызда тәжирийбели қәнигелер тәрепинен заманагөй медициналық үскенелерде ҳәр тәреплеме сапалы медициналық хызметлер көрсетиледи. Ҳәзирше филиалда өзлеримиз таярлаған шәкиртлер жумыс алып барады. Бирақ, кейин ала бул жерде де жергиликли қәнигелерди таярлап шығарып, жумыс орынларын жаратыў мақсетимиз бар,-дейди «KARIMOV» клиникасының тийкарын салыўшысы нейрокинезиолог шыпакер С.Каримов.
Илажда қатнасыўшылар клиникадағы шараятлар менен танысып, өзлерин қызықтырған мағлыўматларға ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги