Индонезияның жаңа пайтахтында елшиханалар ушын бийпул жер ажыратылады

128

Индонезияның жаңа пайтахты –  Нусантара атқарыўшы директоры Басуки Ҳодимулжано сырт ел елшиханалары ушын бийпул жер ажыратыў усынысын алға қоймақта, деп хабар тарқатты «Jakarta Globe» порталы.

Бул басламадан гөзленген мақсет сырт еллилердиң итибарын тартыў, мәмлекетлерди Нусантарада ўәкилхана ашыўға шақырыў, деген ҳәмелдар. Соның менен бирге Ҳодимулжано жуўмақты Президент Прабово Субианто шығаратуғынын да атап өткен:

– Мен қарар қабылламайман. Елшиханаларды тезирек ашыў жолы сыпатында Президентке тек ғана усыныс киргизбекшимен.

Ҳүкимет дипломатиялық комплекс ушын әлле қашан 62,9 гектар жер ажыратқан.

Басылымның жазыўынша, егер бул жойбар мақулланып, тегин жер берилсе, сырт ел елшиханаларын көшириў жеделлеседи. Бул арқалы Индонезияның халықаралық байланыслары да беккемленеди.

Бул қәдем ҳүкиметтиң жаңа пайтахтты 2028-жылға шекем иске түсириў режесине сәйкес келеди. Бундай сиясат Нусантараның дипломатиялық орай сыпатындағы тартымлылығын арттырыў, глобал байланыслар беккемлениўине жәрдем бериўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги