Фермерлерге кластерлерди таңлап, ықтыярлы түрде шәртнама дүзиў имканияты берилди

Пәрман ҳәм оның орынланыўы
Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззақ, Наманган, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ажыратыўда жаңа система жолға қойылады.
Тәжирийбе-сынақ түринде усыныс етилип атырған бул усылда ижараға алыўшылардың еркинлиги тәмийинленеди ҳәм жоқары қосымша қунға ийе егинлер жетистириледи.
Бунда, Президенттиң 2025-жыл 3-февральда қабыл етилген «Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, тармаққа инвестициялар тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы оғада әҳмийетли.
Оған бола, жер участкаларын ажыратыўдың ҳәммеге тең, ашық ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртиби жетилистириледи. Инвестицияларды тартыў арқалы экспортқа қолайлы аўыл хожалығы егинлерин жетистириўди көбейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў жумыслары және де кеңейтиледи.
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесинде фермерлер ҳәм тараў ўәкиллери қатнасқан мәжилисте де әмелге асырылып атырған усындай реформалар ҳаққында толық түсиник берилди.
-Жаңа система сынақ түринде бир неше аймақларда енгизиледи,-дейди Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қвйтақ жер ийелери кеңеси баслығы А.Хаитов. – Жерлер онлайн аукционға шығады ҳәм жеңимпаз 49 жыл даўамында жерден еркин пайдаланыў имканятына ийе болады. Сондай-ақ, өзи қәлеген экспортқа қолайлы ҳәм жақсы дәрамат келтиретуғын егинди жетистириўге руқсат бериледи. Аукционларда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге теңдей имканият бериледи. Аймақлар бойынша ҳеш қандай шеклеў белгиленбеген. Мысалы, Чодак аўылындағы жерлер аукционында елимиз бойлап ҳәмме қатнаса алады. Сондай-ақ, фермерлер де 20 процент жер майданының өзинде, 80 процентин резервке қайтарған ҳалда қатнасыўы мүмкин. Мысалы, 100 гектар жери бар фермерге оның 20 гектарында еркин өним жетистириў, ыссыхана қурыў, кептириў үскенесин орнатыў ҳәм басқаларға руқсат бериледи. Яғный қайсы бағдарда жумыс алып барыўды мүлк ийесиниң өзи таңлайды.
Мәжилисте усы жылдың 7-февральында қол қойылған мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы ҳаққында да сөз етилди.
Ҳақыйқатындада, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, халықтың саламатлығын жақсылаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын, биологиялық көп түрлиликти қорғаў, қайта тиклениўши энергияларды көбейтиў ушын жасыл энергия станцияларын жаратыў, халықтың шаңарақларында қуяш панеллери орнатылыўы мақтаўға ылайық.
Мәжилисте тийкарғы көзқараслар ресурслардан үнемлилик пенен пайдаланыўды нәзерде тутыўшы экономикалық раўажланыў моделине өтиў арқалы 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимниң жыллық өсиўин кеминде 6 процент ҳәм оның көлемин 200 миллиард АҚШ долларына жеткериў, инфляцияны 5 процент, бюджет жетиспеўшилигин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент дәрежесинде сақлаў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў мақсетлерине тийкар болатуғыны айрықша атап өтилди.
Бундай жетискенликлерди тәмийинлеўде болса фермерлердиң де мүнәсип үлеси болыўы тәбийғый. Атап айтқанда, суўды үнемлеў нәзерде тутылған болып, 1,6 мың гектар майданға суўды үнемлеўши технологиялар орнатылады.
Әне, усындай әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде агротехника жумыслары баслап жиберилди. Үнемлилик пенен жумыс алып барылмаса, жоқары пайда ҳәм дәрамат алыў имканияты болмайды. Соның ушын биринши гезекте шорды жуўыў, салмаларды тазалаў, бетонластырыў жумысларын баслады.
-Бизге ең мақул тәрепи кластерлерди өзимиз таңлап, ығтыярлы түрде шәртнама дүзиў имканияты берилгени,-дейди Өзбекстан Қаҳарманы, фермер Анорбой Эшматов. –Тийкарғы ўазыйпамыз ресурс үнемлеўши, суў есаплағышлар орнатыў менен жақсы нәтийжелерге ерисемиз. Фермерлер ислейтуғын ўақыт келди. Процесслерден узағырақ жүрген фермерлерди де оятыўымыз керек. Заманагөй технологияларды енгизиў, атыз шетине мийўели тереклер –бийе, шийе нәллерин егиўди ғалаба ен жайдырамыз.
«Пешку лимон жетистириў» фермер хожалығы негизинде лимон жетистириў мектеби жаратылған. Хожалықтағы 10 сотих жерде 4 мың түптен аслам тәрбияланып атырған цитруслы мийўе түрлери көбейтилмекте. Атап айтқанда, бул жерде апельсин, мандарин ҳәм памела сортлы цитруслы мийўелер жетистирилмекте.
Мәжилис жуўмағында мәҳәллелерди қәнигелестириў, ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланыў, суўды үнемлеў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў мақсетинде экологиялық таза өнимлер жетистириў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
ӨзА