Бажыханашылардың 14 бас хызмет ийти сыйлықланды

Миллий кинология орайы тәреинен Қарақалпақстан Республикасы, бир қатар ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы бажыхана постларында хызмет етип атырған кинологлардың хызмет ийтлери «Хызмет ийти белгиси» менен сыйлықланды.
Бажыхана комитети баспасөз хызмети берген мағлыўматқа бола, сыйлықланған 14 бас хызмет ийтлери арасында, соның ишинде, рус спаниели, немис овчаркасы, инглиз кокер спаниели, малинуа, Шығыс Европа овчаркасы нәсилине тийислилери бар.
Атап өтилгениндей, бул ийтлердиң жәрдеминде өткен 2024-жылы 337 кг нәшебентлик қураллары, 55 мың дана психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши дәри қураллары, 11 дана қурал, 10 мыңға шамалас оқ-дәри, 24 кг порох, 2,3 млрд сум эквиваленттеги нақ сырт ел валюталары, 418 мың қутыдан аслам темеки өнимлериниң нызамсыз айланысын алды алынған.
Сондай-ақ, Миллий кинология орайының 5 бас хызмети ийти де түрли халықаралық ҳәм жергиликли жарысларда ҳәм көргизбелерде жоқары нәтийжелерге ерисилгенлиги себепли сыйлықланған,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги