Нөкис районында Галофит өсимликлери ботаника бағы шөлкемлестириледи

280

Мәмлекетимизде алып барылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети бойынша республикамыздың аграр тараўында жақсы нәтийжелерди көрсетип киятырған Нөкис районы аймағында жаңа басламаны жолға қойыў белгиленбекте.  Райондағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынындағы “Каттыағар” массиви аймағында 56,29 гектар жер майданында Галофит өсимликлери ботаника бағы шөлкемлестириледи.

Буннан тийкарғы мақсет, “Жасыл мәкан” улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды избе-из даўам еттириў, топырақ экосистемасын тиклеў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў бойынша илимий изертлеўлер өткериў, шорланыў ҳәм шорланыўға бейимлескен өсимликлерди изертлеў, олардың түрлерин көбейтиў ҳәм тәжирийбе-сынақларынан өткериў.

Сондай-ақ, экотуризмди жолға қойыў ҳәм сийрек ушырасатуғын өсимлик түрлерине қызығатуғын туристлерди тартыўдан ибарат.

Қарақалпақстан хабар агентлиги