Шахмат дүньясының кишкене  жулдызы

266

Анасы Заринаны төрт жасында көркем гимнастикаға ертип алып барады. Лекин, аўыр минез, ойшаң жүретуғын кишкене қыздың бул спортқа деген оншелли қызығыўшылығы болмады. Үйинде әкеси менен шахмат ойнап отыратуғын қыздың усы спорт түрине қызығыўшылығы басым екенлигин  сезген анасы оны өзлери жасайтуғын Тақыятас районындағы шахмат клубына алып барады. Сол ўақытта шахмат клубта шахмат бойынша Азия чемпионы Махым Оразмухаммедова оған тренерлик етип, шахмат спортының сырларын үйрете баслайды.

2017-жылы  Нөкис қаласында туўылған Ларина Зарина 2021-жылдан баслап шахмат спортына деген дәслепки қәдемин таслап, қысқа ўақыттың өзинде яғный, 6 ярым жасында 9 жастағы ул ҳәм қыз балалар арасында өткерилген Қарақалпақстан чемпионатында биринши орынды ийелейди.

Зарина тақыятаслы Константин менен Насибаның туңғыш қызы. Ол бақша тәрбияланыўшысы болса да өз теңлеслери арасында шахмат бойынша өткерилген жарысларда жақсы көрсеткишлерге ерисе баслады. Атап айтқанда,  2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияланыўшылары арасында өткерилген жарыста биринши орынды ийелеген болса, 2024-жылы  Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында сегиз жастағы ул ҳәм қыз балалар арасында екинши ҳәм Өзбекстан чемпионатында үшинши орынларды қолға киргизеди.  2024-жылы Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияланыўшылары арасында өткерилген жарыстың Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикалары басқышларында биринши орынларды ийелейди. Сондай-ақ, 2024-жылдың 11-13-ноябрь күнлери пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилген  Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында  Зарина биринши орынды ийелеген болса, усы жылдың 28-январь ҳәм 3-февраль күнлери Жиззақ ўәлаятында болып өткен Өзбекстан чемпионатында Standart  ҳәм Blits бағдарлары бойынша биринши орынды ийелеп, Rapid бағдары бойынша үшинши орын жеңимпазы болып, жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизеди.

Ларина Зарина ҳәзирги ўақытта Тақыятас районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 1-класында билим алмақта.

-Бес жасында жазып, сызып ҳәм оқыўды үйренди. Шахмат тек ғана ақыл гимнастикасы ғана емес ал, күшли физикалық күш талап ететуғын спорт түри. Себеби, жарысларда күнине 2 партиядан ойнайтуғын болса ҳәр қайсысы  2, 3 сааттан даўам етеди. Ақыл менен ойнайтуғын бул спорт түринде тикке отырып ойынды даўам етиўи ушын спортшы ҳәр тәреплеме саламат болыўы керек. Сонлықтан да биз қызымыз Заринаның денсаўлығына, оның аўқатланыў режимине жетерлише итибар қаратып атырмыз. Ол басқа сабақларға қарағанда математиканы жақсы көреди. Сабақларынан қатарлары арасында илгерилеп кеткенликтен «неге әпиўайы нәрселерди билмейди», деген сораўларды береди базыда. Ол шахмат бойынша таярлықлар, мектептеги оқыўынан шаршаған ўақытлары үкеси Дарина менен ойнайды. Шет тилин үйрениў оның алдағы режелериниң бири. Себеби, сырт елден келген қарсылас спортшы теңлеслери менен сөйлесиўде қыйыншылықлар болған. Оның келешегинен үмитлеримиз көп. Қудақәлесе үлкен нәтийжелерге жетиседи деген тилектемиз,-дейди анасы Насиба Қабулова.

Төрт жасынанан баслап шахмат майданында жақсы нәтийжелерди қолға киргизип киятырған Заринаның табысларын даўам етер болсақ ол, 2024-жылдың 1-8-август күнлери Ташкент қаласында мектеп оқыўшылары арасында өткерилген жәҳән чемпионатында қатнасып күшли онлыққа киреди ҳәм Rapid рейтинги бойынша «1523» көрсеткишине ийе болады. Ал, 2024-жылдың 1-11-декабрь күнлери Тайландтың Бангкок қаласында 7,9,11,13,15,17 жастағы мектеп оқыўшылары арасында өткерилген Азия чемпионатында тийкарғы ойыншы сыпатында қатнасып blits бағдарында  “1435» рейтинг көрсеткишине ийе болады. Ҳәзирги ўақытта оған тәжирийбели тренер Абдиркерим Тураев  шахматтың өзине жараса сырларын үйретип келмекте.

-Зарина минез қулқы тынық, ҳәр бир жарыста ойланып отырып шахмат тасын алдыға сүретуғын спортшы қыз. Оның сондай бир қәбилети бар, ойынлар шийеленисип, шешиўши минутлар шамаласқан ўақытта қабақларын үйип, ҳеш нәрсеге алаңламай, орнынан турып кетип, ақыл-ойын тек жеңис ушын сарыплайды. Заринаны ең дәслеп төрт жасында қызым Махым таярлап баслаған болса, ҳәзирги ўақытта ол мениң кишкене шәкиртим. Оның келешегинен үмитим көп. Қудақәлесе жәҳән чемпионатында жақсы нәтийжелерди қолға киргизеди деген нийеттемиз,-дейди Абдикерим Тураев.

Тақыятас спорт тараўында әзелден аўыр атлетика  менен шахмат спорт түри бойынша  белгили спортшыларды жетистирип киятырған  елат есапланады. Усындай мектептен және бир спортшы қыз жетисип  шығып, спорт дүньясында жулдыздай жарқырап турған Заринаны  алдында  «күшлилер» менен беллесетуғын жарыслар, беллесиўлер, чемпионатлар күтип турыпты. Сол чемпионатларда қатнасыў ушын таярлықларды алып барып атырған кишкене чемпионымыздың табысларын хош хабарлар менен жазыў жақын арада  несип еткей деген жақсы нийетлер менен биз мақаламызға ноқат қоямыз.

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги