Аймақтағы жаңаланыў ҳәм өзгерислер менен танысты

194

Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында бир қатар унамлы ислер әмелге асырылыўы нәтийжесинде халқымыздың  информацияға болған талабы қанаатландырылып, елимизде жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар журналистлеримиз тәрепинен толық сәўлелендирилип барылмақта.

Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң басламасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен республикамыз аймағында жүз берип атырған жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткерип барыў мақсетинде, медиа-тур өткериў режелестирилип, усы тийкарда Шымбай районында республикамыз ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс- тур шөлкемлестирилди.

Пресс-тур қатнасыўшылары дәслеп Тазғара аўыл пуқаралар жыйынында болып, елаттың бүгинги турмысы менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, өткен жылы жаңадан бой тиклеген аўыл пуқаралар жыйыны имаратында мәҳәлле жетилиги ҳәм аймақ белсендилери ушын жаратылған шараятлар, имаратқа жақын орналасқан халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, 52-санлы шаңарақлық поликлиникасында алып барылып атырған жумыслар  менен танысты.

-Аймағымыздағы 1060 хожалықта бес ярым мыңнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте,-дейди жыйын баслығы Садық Ибрайымов.-Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, район ҳәкимлигиниң ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўы менен соңғы бир неше жылдың ишинде, аймағымызда көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Әсиресе, аўыл пуқаралар жыйыны имаратының заманагөй усылда жаңадан салып берилиўи, халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынларының қурылыўы, 52-санлы шаңарақлық поликлиникасы имаратына капитал оңлаў жумысларының жүргизилиўи, 6 км аралықтағы ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасының төселиўи усындай ғамқорлықтың айқын көриниси десек болады. Аймақ халқы тийкарынан дийқаншылық пенен шуғылланып, турмыс кеширмекте.

-43 сотых жерде дийқаншылық ислеймиз,-дейди усы аймақ турғыны Ахмет Сметов.-Негизги кәсибим физика пәни муғаллими болғаны менен, ата кәримиз дийқаншылық пенен де шуғылланамыз. Өткен жылы 42 сотых қыйтақ жеримизден 100 миллион сумнан аслам дәрамат таптық. Нөкис қаласында өткерилген зүрәәт байрамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен мультикультиватор менен сыйлықландым. Алдағы ўақытлары дийқаншылық ушын жер асты суўларынан пайдаланыўды мақсет етип қойыппыз.

Буннан соң пресс-тур қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жылда “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша Шымбай Жипек-жолы мәкан пуқаралар жыйынында алып барылып атырған жумыслардың барысы менен танысты.

-Жыйын аймағында қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде, көп қабатлы турақ жайларға заманагөй бақлаў камералары орнатылды,-дейди “Шымбай үй-жай оңлаў” жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Дәрьябай Бахиев.-Сондай-ақ, өткен жылы Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында, тозыўы жеткен үйге реновациялық жумыслар жүргизилип, 30 хожалық жаңа квартираларға ийе болды. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге, республика ҳәм район басшыларына терең миннетдаршылық билдиремиз.

Соңынан илаж қатнасыўшылары Шахтемир ҳәм Қаракөл мәкан пуқаралар жыйынында исбилерменлик тараўы ҳәм миллий өнерментшиликти раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың барысы менен танысып, исбилерменлер менен сәўбетлести.

-Күнине 600 кг тарыны қайта ислеп, Қазақстанға экспорт етип атырмыз,-дейди жеке исбилермен Саламат Жуманиязов.-Тары тийкарынан Бухара ўәлаятынан алып келинип, оның кепегин малға от-жем сыпатында пайдаланып киятырмыз. Өткен жылы “Халық банк”тиң районлық филиалынан 15 млн сум жеңиллетилген кредит алып, оған 4 бас қарамал алған едик. Ҳәзир усы малларды бағып, олардың санын көбейтиўге ҳәрекет етпектемиз.

Сондай-ақ, пресс-тур даўамында илаж қатнасыўшылары билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде, 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болды.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында, мектебимизге 3 млрд 868 млн. сумлық қаржы ажыратылып, 180 оқыўшыға мөлшерленген жаңа имарат қурып берилди. Буның нәтийжесинде мектебимиз оқыўшыларының сапалы билим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилди. Ҳәзирги ўақытлары оқыў дәргайында 320 оқыўшы заман талабына сай билим алып келмекте. Усындай мүмкиншиликлерди жаратып бергени ушын Президентимизге үлкен рахмет айтамыз,-дейди  41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Абдималик Қаражанов.

Илаж соңында районы ҳәкимлигинде аймақтағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында Шымбай районын жедел социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша 2024-жылы исленген жумыслар ҳәм 2025-жылға белгиленген ўазыйпаларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти. Онда журналистлер кең жәмийетшиликти қызықтырған сораўларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы