Жасларға пайдалы мәсләҳәтлер берилди

Жасы үлкен нураныйлардың ибратлы өмир жолы жаслар ушын үлкен тәжирийбе мектеби болып табылады.
Беруний районындағы 50-санлы орта билим бериў мектебинде «Нураний» қоры районлық бөлими тәрепинен «Үш әўлад ушырасыўы» илажы болып өтти.
Илажда районлық үгит-нәсият топарының басшысы Р.Юлдашева, районлық ИИМ хызметкери, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспектор М.Авезова, Шаббаз мәҳәллеси «Кекселер мәсләҳәт топары» баслығы Қ.Шарипов ҳәм нуранийлар, орта ҳәм жас әўлад ўәкиллери қатнасты.
Шығып сөйлегенлер, жасларға өзлериниң пайдалы мәсләҳәтлерин берип, келешекте жетик инсанлар болып, кәсиплериниң маманы болыўында әўметлер тиледи.

Сондай-ақ, илаж даўамында жақсы баҳаларға оқып, нәтийжелерге ерисип киятырған жасларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Нураний Қ.Шарипов тәрепинен оқыўшыларға китап саўға етилди, деп мәлимлеме береди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги