Хызметкердиң өз есабынан алынатуғын мийнет дем алысларының мүддетине шеклеў киргизилди
254

Быйыл 14-февраль күни қабыл етилген Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутыўшы нызам менен мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс мүддети шекленди.
Алдынлары мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс берилип атырғанда, соңғы мәрте алынған дем алыстан есаплап бир жыл ишинде үзликсиз ямаса жәми 3 айдан артық болмаўы керек болса, ендигиден былай мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс бир жыллық дәўир даўамында жәми 3 айдан артық болмаўы керек.
Соның менен бирге, жаңа тәртипке бола, ҳәр жылғы мийнет дем алыс ўақыты ушын мийнет ҳақы төлеўде екшемби күнлери есапқа алынбайды (бурын екшемби күнлери де дем алыс болып есапланған).
Қарақалпақстан хабар агентлиги