Жеке меншик балалар бақшалары: барлығы кеўилдегидей ме?

Жеке пикир
Баланы бақшаға бериўде балалар жасының шекленгени, айырым жағдайларда мәмлекетлик балалар бақшаларында орын табылмаўы жеке меншик балалар бақшасына болған талапты келтирип шығармақта. Ал гейде айырым адамларда жеке меншик балалар бақшалары заманагөй билим бериў усыллары менен баланы оқып-жазыўға ертерек үйретеди, «частный»ға барса балам зийрек, қәбилетли болады, деген пикир қәлиплескенин де жоққа шығара алмаймыз. Баласы бақша жасына толмаған бирақ кишкентайдың әкеси де, анасы да жумыс ислеп шаңарағын бағыўы керек болған жағдайлар да баршылық.
Бүгинги күнде жеке меншик балалар бақшаларының саны күн санап көбеймекте. Бул, әлбетте, заман талабы. Бирақ, кимиси бос турған турақ жайларын жеке меншик балалар бақшасына айландырып атырса, айырымлар зәрүрли шараятлар менен заманагөй бақша имаратларын қурып атыр. Әсиресе, балалардың заманагөй ойын майданшаларын, баланы раўажландыратуғын ҳәр қыйлы ойыншықлар, оқыў, үйретиў қураллары, технологиялар менен тәмийинленген, арнаўлы бөлмелерди (баланың аўқатланатуғын, ойнайтуғын, уйықлайтуғын) көрген адамда балам усы жерде тәрбия алса тезирек пикирлеў, сөйлеў қәбилети раўажланады, деген пикир келип шығады. Бирақ, өзлериниң турақ жайларына еки дана сүўрет қыстырып, тек заманагөй атамалар қойылған, бир еки парта менен азғана ойыншықлары бар, арнаўлы бөлмелери жоқ, бирақ енапаттай төлем алып, атына «частный садик» ашып атырған исбилерменлер де баршылық. Вакансиялар жәрияланатуғын каналларда олардың балалар бақшасына тәрбияшы излеп атырған дағазаларын көрип буларда маманлыққа, жумыс тәжирийбесине, балалар менен ислесиўдеги жеке қәбилетине итибар қай дәрежеде деген ой келеди. Бақлап қарасақ айрым жеке меншик бақшаларда хызметкерлерге төленетуғын айлық мийнет ҳақылар жүдә аз. Төлемлери мәмлекетлик балалар бақшасына салыстырғанда анағурлым жоқары болған «частный»ларда төлемине жараса балалар жоқары мағлыўматлы, балалар менен ислесип көрген, педогогикалық билими жетерли, маман тәрбияшылардан тәлим-тәрбия алыўы керек емес пе?
Себеби, көпшилик ата-аналар бурынлары балаларын «Мунның садиги» ямаса «Прогресстиң садиги» сыяқлы орынларды излеп жүрип, ол жерде ислейтуғын кәсибине садық, өз ўазыйпасын түсинетуғын маман педагог тәрбияшылар ушын апаратуғын еди. Сол ўақытта көпшилик ата-аналар балалар бақшасының дәрежеси, абырайы ямаса ол жердеги шараятларға емес, ал сол жерде ислейтуғын маман тәрбияшыларға көбирек итибар беретуғын, оларға исенетуғын еди. Жақында социаллық тармақларда пайтахтымыздағы жеке меншик балалар бақшасында кишкене балаларға қол жумсап, оларға оғыры қопал ҳәрекетлер исленгени жазылған видеокөринислер тарқалды. Мине, усындай кеўилсиз ўақыялар балалар бақшасына қәнигелерди жумысқа қабыллаўда, халықтың исенимине, келешек әўладларымыздың ҳуқықларына немқурайдылық пенен қатнас жасаў сыяқлы мәселелерден келип шықпақта. Бул ўақыяға халық тәрепинен жазылған пикирлерди оқып қарағанда айырымлар жеке меншик балалар бақшаларына болған исенимим жоғалды десе, айырымлар буларды қадағалайтуғын уйымлар қаяқта, деген сораўларды бермекте. Себеби, бул социаллық тармақларда жеке меншик балалар бақшаларында жақында жүз берген бир ғана кеўилсиз ўақыя емес… Ҳақыйқатында да бундай жағдайлар бақлаў камераларына жазылып қалғаны себепли ортаға шықпақта. Ал бақлаў камерасы жоқ жеке меншик бақшаларда жағдайлар қай дәрежеде, олардың жумысын ким қадағалаўға алған, олардың жумысына ким руқсат берген дегендей сораўлардың басы ашық қалмақта.
Ҳәзир айырым жеке меншик балалар бақшаларына киргеннен бақланатуғын заманагөй көринис көзди қуўандырса, базыларының зәрүр шараяты да, балалар ойнаў майданшасы да, бақлаў камерасы да, заманагөй жылытыў системасы да жоқ, қәўипсизлик қағыйдаларына улыўма әмел етилмеген орынларда, қәдимги турақ жайларда жумыс алып барып атырғанын көремиз. Оның үстине усындай бақшалар халық тығыз болған қала орайларында жайласып, төлемлери анағурлым жоқары.
Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан өзиниң раўажланыў жолын тәлим-тәрбияға, билимлендириўге тийкарланып қурмақта. Келешегимиздиң тийкарғы буўыны жаслар болса, жаслар сиясатының тырнағы басланғыш ҳәм орта билимлендириў. Бул бағдарда алдымызға үлкен мақсетлер қойылып, ең үлкен мәселе тәлим-тәрбия ҳәм билимлендириўдиң сапасы болып есапланады. Өйткени, баланың бақшаға барыўы көп жағдайда кишкентайдың мүмкиншилигин кеңейтиўде, уқыбын жүзеге шығарыўда, адамлар менен қарым-қатнасын раўажландырып, баланы жеке тулға етип қәлиплестириўде ең дәслепки баспалдақ ролин атқарады. Солай екен, бул жолда ҳеш қандай қәте-кемшиликке жол қойыўға да, ҳеш бир жағдайға немқурайды қараўға да ҳақымыз жоқ.
М.Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги