«Instagram»да дизлайк функциясы пайда болыўы мүмкин

«Instagram» пикирлердеги дизлайк функциясын сынаўдан өткермекте. Бул ҳаққында «TechCrunch» басылымы хабар берди.
Бул функция айырым пайдаланыўшылардың итибарын тартып, түрли пикирлер жыйнаўға да үлгерди. Компания басшысы Адам Моссери да оны сынаў түринде әмелге асырып атырғанын тастыйықлаған.
Моссери «Threads»тағы постында дизлайклардың саны ҳәммеге көрсетилмейтуғыны ҳәм сизге қалдырылған усы түрдеги пикирден басқалар хабардар болмайтуғынын атап өтти. Оның сөзлерине бола, дизлайклар саны рейтинглерде есапқа алынады.
Функция пайдаланыўшыларға қандайда бир шолыў жақпағаны ҳаққында авторды хабардар етиў имканиятын жаратады. Бул шолыў системасының және де раўажланыўына жәрдем бериўи мүмкин.
2021-жылы «Instagram» пайдаланыўшыларға лайкларды жасырыў имканиятын усынғанлығын атап өтиў зәрүр. Бул социаллық тармақларда адамлар арасындағы басымды азайтыўға жәрдем бериўи керек еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги