Жайлаўларды баҳалаў бойынша санлы мағлыўматлар базасы жаратылды

Қарақалпақстан Республикасы жайлаўларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў ушын жаңа, сийрек ушырасатуғын санлы мағлыўматлар базасы иске қосылды, деп хабар береди xs.uz.
Өзбекстан Илимлер академиясы Ботаника институты Геоботаника лабораториясының илимпазлары тәрепинен мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жаратылған бул санлы мағлыўматлар базасы Қарақалпақстанның 93 процент жайлаў аймағын қамтып алып, 168 жайлаў түрин 21 норма тийкарында баҳалаў имканиятын береди.
Жайлаўлар ҳәм олардың өзгешиликлери ҳаққында толық мағлыўматлар қурғақлық жерлерде шарўа малларын саламат ҳәм нәтийжели бағыўды тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул база болса жайлаўлардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экологиялық турақлылықты сақлаўға қаратылған.
Қарақалпақстан жайлаўларының жаңа санлы мағлыўматлар базасы республика жайлаў экосистемаларының экономикалық, экологиялық ҳәм зоотехникалық әҳмийетин заманагөй баҳалаў, олардан пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўде әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги