Илимли ҳаял-қыз – жәмийеттиң айнасы

352

Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде «Илимли ҳаял-қыз – жәмийеттиң айнасы» темасында халықаралық әнжуман болып өтти.

Әнжуманда Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры Гулноза Исмоилова мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм  мәплерин тәмийинлеў, оларға  ҳүрмет көрсетиў, илим тараўында апа-қарындасларымыздың қатарын кеңейтиў мәселелерине үлкен әҳмийет қаратылып атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимизде  ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар, бул бағдарда алып барылып атырған жақсы реформалар халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерге сәйкес екени әҳмийетли.

Ҳәзирги ўақытта  Өзбекстан илимий тараўда алдынғы позицияларды ийелеп киятырғаны ҳәм мәмлекетимиз илим тараўындағы ҳаял-қызлардың үлеси 48 процентти  қурайтуғыны әнжуманда айрықша атап өтилди.

Илажда  Өзбекстанда ҳаял-қызларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, әсиресе,  оларды қоллап-қуўатлаў, илимий жумысқа, исбилерменликке тартыў бағдарындағы жеңилликлер, дүнья тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда қолланылатуғын тәжирийбелер кеңнен додаланды.

Н.Усмонова, ӨзА