Әўладлар ушырасыўы

Жас әўладта ўатансүйиўшилик, Аўған урысы қатнасыўшыларына ҳәм ѳткен тарийхқа ҳүрмет сезимлерин қәлиплестириў мақсетинде Нѳкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде Аўғанстаннан әскерлердиң шығарылғанына 36 жыл толыўы мүнәсибети менен усы урыс қатнасыўшыларының оқыўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти.
Ушырасыўға Аўған урысы қатнасыўшылары О.Тѳрениязов, У.Аллаяров, А.Хожаниязов ҳәм нуранийлар мирәт етилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының 1-дәрежели қәнигеси И.Есемуратов, Нөкис қаласы Қорғаныў ислери бойынша бөлим баслығы Ш.Муратбаев ҳәм орынбасары А.Қайыпназаров, Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлиминиң хызметкерлери де қатнасты.
Ушырасыўда қатнасыўшылар Аўғанстанда қаза тапқанларды бир минут үнсиз турып еске алды.
Мийманлар оқыўшыларға Аўғанстан, ондағы урыс, қыйыншылықлар ҳәм әскерий ѳмири туўралы айтып берди. Соң, оқыўшылардың сораўларына жуўап берилди.


Мадина Жумабаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги