Сенат: Өзбекстанда коррупцияға байланыслы жынаятлар 12 процентке азайды ҳәм халықаралық рейтинглердеги орны жақсыланды

Олий Мажлис Сенатында Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Сенат Баслығы, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм аймақлық кеңеслердиң ағзалары, министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының басшы ҳәм хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисте мәмлекетимизде коррупцияға байланыслы жынаятлар 12 процентке азайғаны, тараўдағы халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң орны жақсыланғаны айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте өткен дәўир даўамында тараўға байланыслы 10 ға шамалас нызам қабыл етилгени, соның ишинде, «Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилип, 2024-жыл 6-декабрьден күшке киргени айтып өтилди.
Додалаўлар процесинде билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында коррупцияға қарсы гүресиў жумысларына итибар қаратылды. Тийислилиги бойынша Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар соның менен бирге Денсаўлықты сақлаў министрликлериниң мәлимлемеси тыңланды.
Қатнасыўшылар тәрепинен усы тараўларда коррупциялық факторларды сапластырыў, системада ашық-айдынлық, әдиллик, хызмет сапасын арттырыў, кадрлар имканиятын жоқарылатыў бағдарында бир қатар әмелий илажлар көрилип атырғанына қарамастан коррупциялық ҳәрекетлер сақланып қалып атырғаны сынға алынды.

Сондай-ақ, мәжилисте Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаның сондай-ақ, халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлерин үзликсиз арттырыў системасын енгизиў илажларының орынланыў жағдайы көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген жумыс режесиниң жойбары ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң қурамын тастыйықлаў мәселесине де итибар қаратылды.
Н.Абдураимова, ӨзА