Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў мәселелери додаланды

155

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен Кегейли районында әҳмийетли семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары Ш.Отемисов ҳәм Б.Сейтназаров, район ҳәкими А.Камалов ҳәм аймақтағы мәҳәлле жетилиги, мәкеме, шөлкем ҳәм кәрхана басшылары қатнасты.

Семинарда грант, техникалық жәрдем ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын жедел тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, сырт еллер, халықаралық шөлкемлер ҳәм фондлар менен байланысларды раўажландырыў бойынша толық мағлыўматлар берилип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар додаланды.

Өткерилген әҳмийетли илажда сырт ел грант қаржыларын тартыў ушын тийисли ҳүжжетлерди талап дәрежесинде таярлаў, донор шөлкемлерди белгилеп алыў ҳәм мақсетли жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилип, қәнигелер тәрепинен тийисли усыныслар берилди

Усы атамадағы семинар Шымбай районында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги