Азия ойынларын нешинши орында жуўмақладық?

Қытайдың Харбин қаласында өткерилген қысқы Азия ойынлары өзиниң жуўмағына жетти.
Азия континетиниң 34 мәмлекетинен 1275 спортшы қатнасқан бул жарыста мәмлекетимиздиң спорт делегациясы да қатнасты.
Өзбекстан спорт делегациясы бул жарыста бир алтын медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта филлипинли спортшылар менен биргеликте бесинши орынды ийелеўге миясар болды.
Жарыста Қытай сайланды командасы 32 алтын, 27 гүмис ҳәм 26 қола медаль менен сыйлы биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, екинши орынды 16 алтын, 15 гүмис ҳәм 14 қола медальды жеңип алған Қубла Корея Республикасы делегациясы, үшинши орыны 10 алтын, 12 гүмис ҳәм 15 қола медалы менен япониялы спортшылар ийелеўге еристи.
Қоңсылас Қазақстан Республикасы делегациясы болса, 4 алтын, 9 гүмис ҳәм 7 қола медалды ийелеп, жарысты төртинши орында жуўмақлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы