Синдаров 60 мың, Абдуссатторов 40 мың АҚШ долларына ийе болды

Германияның Вайссенхаус қаласында сыйлық қоры 750 000 АҚШ доллар болған абырайлы шахмат турнири өз жуўмағына жетти.
Кеше бул турнирдиң быйылғы жеңимпазлары анықланды.
Атап айтқанда, үшинши орын ушын болған беллесиўде өзбекстанлы жас шахматшы Жавоҳир Синдаров норвегиялы жәҳән чемпионы Магнус Карлсенге жеңилип қалды ҳәм турнирди 4-орын менен жуўмақлаўға мәжбүр болды. Жарыс соңында Синдаров 60 000 АҚШ доллары, 3-орын ийеси Магнус Карлсен 100 000 АҚШ доллары менен сыйлықланды.
Ал, және бир ўатанласымыз Нодирбек Абдусатторов болса, 5-орын ушын болған беллесиўде АҚШлы Ҳикару Накамураға жеңилип қалды ҳәм 40 000 долларды қолға киргизди.
Турнир жеңимпазлығы болса, АҚШлы Фабиано Каруананы жеңип шыққан германиялы жас шахматшы Винсент Кеймерге несип етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы