Жәҳән кубоги қызларымыз ушын табыслы өтпекте
230

Ҳәзирги күнлери Қазақстан Республикасының Алма-Ата қаласында қылышласыў спорты бойынша Жәҳән кубоги басқышы жарысы болып өтпекте.
Бул жарысқа дүньяның күшли қылышпазлары менен биргеликте Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнаспақта.
Кескин өткен беллесиўлердиң финалына сайланды командамыздың еки ағзасы, яғный, Гүлистан Пердебаева ҳәм Аякөз Жумамуратовалар жетип келди. Оғада қыйын өткен бул ушырасыўда 15:14 есабы менен Гүлистан жеңиске еристи ҳәм жарыстың алтын медалы менен сыйлықланды.
Және бир үмитли спортшымыз Аякөз Жумамуратова гүмис, тәжирийбели Самира Шокирова ҳәм қазақастанлы Адем Серикбай қола медалын жеңип алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы