Жасыл экономика: Турақлы раўажланыўға қарай

166

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң мәжилислер залында партияның Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен “Жас исбилерменлер” лигасының жойбары шеңберинде “Жасыл экономика: турақлы раўажланыўға қарай” атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда “Ratmina Hotel” мийманханасы, “Қарақалпақ этно аўыл” туристлик орайы тийкарын салыўшысы”Мойнақ тур” ЖШЖ баслығы, туризм тараўында 15 жыллық тәжирийбеге ийе  исбилермен, “Дўстлик” ордениниң ийеси Амина Бекчанова, партия белсендилери, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының оқытыўшылары Б.Адилчаев, Ж.Балташев ҳәм студент-жаслар қатнасты.

2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында “жасыл” экономикаға өтиў ҳәм “жасыл” өсиўди тәмийинлеў бағдарламасы, “Жасыл раўажланыў”дың драйвери бола алатуғын энергетика, илим ҳәм инновациялар, туризм сыяқлы тараўлар, альтернатив энергия дәреклери менен ислесиў, қуяш ямаса басқа да түрдеги қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, исбилермен Амина Бекчанова соңғы жыллары жаслар бизнесин қоллап-қуўатлаў шеңберинде әмелге асырылған илажларға да айрықша тоқтап өтти.

-Бизнести қоллап-қуўатлаў дегенде бәнтликти, кәрханаларды қоллап-қуўатлаўды түсиниўимиз керек. Сондай-ақ, бизнес дегенде, тек ғана пул табыўға қаратылған тараўды емес, ал турақлы түрде итибарға, қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған тараўды түсиниўимиз керек, – дейди исбилермен.

Ҳақыйқатында да, мәмлекет тәрепинен бизнес қаншелли қоллап-қуўатланса, бизнес те мәмлекеттиң алға илгерилеўине, раўажланыўына, хызметлер сапасының артыўына, мәмлекет имиджиниң көтерилиўине ҳәм халықтың абаданлығына хызмет етеди. Бизнес қаншелли раўажланса, оған сонша көп жумысшылар керек болады, бул болса халықты, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлейди.

Қызғын сәўбетлесиў даўамында экономикаға сырт ел инвестицияларын тартыў, исбилерменлик ҳәм жеке меншик мүлк ушын кең имканиятлар жаратыўды және де күшейтиў, илим, инновация, IТ сыяқлы тараўларды, “жасыл” ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў мәселелерине байланыслы пикир-усыныслар билдирилди.

Сәўбет қызғын пикир-таласлар ҳәм сораў-жуўаплар менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги