Аналар ҳәм балалар саламатлығына айрықша итибар қаратылмақта

241

Қарақалпақстан медицина институты клиникасының шыпакерлери ҳәм клиникалық ординаторлар топарынан шөлкемлестирилген бригада усы жылдың 13-февраль сәнесинде Нөкис районының алыс аймағы болған Қырантаў АПЖ ға барды. Ондағы тийкарғы мақсет, 14 жасқа шекемги балалардың саламатлығын  тексериў, туўма нуқсанлы балаларды ерте анықлаў ҳәм ҳәмиледар ҳаяллардың  саламатлығын тексериў,  ҳәмиледар ҳаялларға саламат перзентти дүньяға келтириў ушын зәрүр медициналық мәсләҳәтлер бериўден ибарат.

Шыпакерлер бригадасы шаңарақлық поликлиникада 100 ге шамалас балалар ҳәм 50 ге шамалас ҳәмиледар  ҳаялларды медициналық тексериўден өткерди. Медициналық тексериў даўамында  туўма нуқсаны бар балаларға Қарақалпақстан медиицина институты  клиникасында емлениўи ушын жолламалар берилди.

Сол арқалы бригада халқымызға жоқары дәрежедеги медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм олардың денсаўлығын жақсылыў бағдарында әҳмийетли жумысларды алып бармақта. Медициналық тексериўлер арқалы халық арасында медициналық билимди арттырыў ҳәм дәслепки медициналық тексериўлердиң әҳмийетин және де жоқарылатыўға ерисилди.

Буннан кейинги сапар Мойнақ районына барыў режелестирилген ҳәм кең көлемде даўам еттирилиўи мақсет етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги