“Oracle” менен бирге ислесиў Өзбекстанның жетекши IТ-хаб сыпатындағы позициясын және де беккемлейди

252

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматовтың басшылығындағы министрлик делегациясы “Oracle” корпорациясы басшылығы атқарыўшы вице-президенти Саймон Де Монфор Уокер ҳәм үлкен вице-президент Чериан Варгазе менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстнда турып «Oracle» компаниясының Орайлық Азия ҳәм ҒМДАдағы жумысын кеңейтиў перспективалары, сондай-ақ, булытлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўдиң мүмкин болған бағдарлары додаланды.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан делегациясы мәмлекеттиң технология кәрханалары ушын тийкарғы абзаллықларын көрсетти. Оларға қолайлы исбилерменлик орталығы, IТ тараўының мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы, раўажланған санлы инфраструктура ҳәм маман кадрлардың үлкен резерви киреди.

Өзбекстанда, әсиресе, мағлыўматлар инженерлиги ҳәм булытлы технологиялар тараўында жоқары маманлы инженерлер таярлаўға айрықша итибар қаратылады. Буннан тысқары, IТ-қәнигелердиң шет тиллерин жоқары дәрежеде билиўи мәмлекеттиң халықаралық компаниялар ушын өзгешелигин ҳәм бәсекиге шыдамлылығын және де арттырмақта.

“Oracle” ўәкиллери Өзбекстанда, әсиресе, булытлы инфраструктура ҳәм қосымшалар менен байланыслы тараўлардағы базар имканиятларын үйрениўге үлкен қызығыўшылық билдирди.

“Oracle” менен потенциал бирге ислесиў Өзбекстанның жетекши IТ-хаб сыпатындағы позициясын және де беккемлейди ҳәм алдыңғы технологиялардың енгизилиўин хошаметлейди. Заманагөй шешимлерди қолланыў санлы экономиканы раўажландырыў, жоқары маманлықтағы жумыс орынларын жаратыў ҳәм мәмлекеттиң дүнья базарындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.

ӨзА