«Жойбарлар ярмаркасы» исблерменлик ушын кең имканият
241

Халықтың турмыс шараятларын арттырыў мәселелерине үлкен итибар қаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2024-жыл 16-декабрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәҳәллелерде исбилерменлик орталығын жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм коммерциялық банклердиң ролин арттырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Төрткүл районында «Жойбарлар ярмаркасы» шөлкемлестирилди.


Ярмаркада исбилерменлер өзлериниң жаңа исбилерменлик жойбарлары бойынша усыныслары менен мүрәжат етти. Исбилерменлик режелерин банклер менен қаржыландырыў мәселелери режелестирилип алынды, деп мәлимлеме береди Төрткүл районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги