«Универсиада-2025» жарысындағы жасларымыздың табыслары

255

11-14-февраль күнлери Қашқадәрья ўәлаятында «Универсиада-2025» спорт жарысларының гүрес түри бойынша Республикалық финал басқышы болып өтти, деп мәлимлеме береди ҚМУ баспасөз хызмети.

«Универсиада-2025» спорт жарысларының гүрес түри бойынша Республикалық финал басқышында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери сыйлы орынларды ийеледи.

Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти Ш.Аманов 60 кг салмақ категориясында сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медаль, 3-курс студенти М.Қдырбаева 52 кг салмақ категориясы бойынша 2-орынды ийелеп, гүмис медаль ийесине айланды. Сондай-ақ, усы жарыста 2-курс студенти С.Маткаримов 100 кг салмақ категориясы бойынша сыйлы 3-орынды ийелеп, бронза медалын қолға киргизди.

Дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы кафедрасының Р.Холеков, С.Қаниязов ҳәм А.Алхамов сыяқлы тәжирийбели оқытыўшы ҳәм тренерлери оларға устазлық етип, усы жарысқа пуқта таярлады.

Жасларымызды қолға киргизген табысы менен қызғын қутлықлаймыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги