Енди креатив индустрия парклери аймақларда да қурылады

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен сөйлесиўинде мәлим етилди.
Елимизде креатив экономика жедел раўажланбақта. Тараўда жумыс ислеп атырғанлардың 98 проценти жаслар.
Өткен жылы креатив экономиканы раўажландырыў бойынша өз алдына нызам қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлары белгиленди.
Ташкент қаласындағы «Жаслар дөретиўшилик сарайы»нда үлгили «Креатив парк» шөлкемлестирилди.
Енди креатив индустрия парклери аймақларда да қурылады. Олар зәрүр ресурс ҳәм инфраструктура менен тәмийинленеди.
Креатив индустрия парки резидентлерине 2030-жылдың ақырына шекем жеңиллетилген салық режими енгизиледи. Онда социаллық ҳәм дәрамат салық ставкалары 50 процентке азайтылады, резидентлер товарларды реализациялаў көлемине қарамастан айланыстан алынатуғын салық төлеўшилер болады.
Парклер негизинде креатив тараў ўәкиллерин оқытатуғын бизнес мектеплери шөлкемлестириледи. Бул мектеплерде жаслар жаңа ҳәм заманагөй бизнес жүргизиў ҳәм электрон коммерция сыяқлы хызмет көрсетиўдиң инновациялық усылларын үйренеди.
ӨзА