Сырт елде жумыс ислеп ақша жиберип атырған ҳаялдың өмирлик жолдасы машиналы ҳәм үйли болды ямаса өлип баратырған ар-намыс…

Әдеттегидей жумыста ислеп отырған едим. Өмирлик жолдасымнан хабар келди. «Пәленше апа емлеўханаға түсип қалыпты. Япон тилин онша жақсы билмегени ушын аўдармашылық етип қайтсам бола ма!» деген мазмунда. Барып келди.
Қайтқаннан кейин телефонда жағдайды сорадым. Жасы 30 дан өткен еки перзенти бар ҳаял. Токиода Япон тили мектебинде оқып ислейди. Түнги 23:00 ден азанғы 8:00ге шекем дүканда жумыс ислейди. Дүканнан шығып оқыўға барады. Оқыў 13:30 тамамланады, 15:00 ден 22:00 ге шекем бир кәрханада ислейди. Көз алдыңызға келтирип атырсыз ба! Уйқылаў, дем алыў деген затларға ўақыт жоқ. Бундай режимде ҳәр қандай адам кесел болып жығылыўы тәбийғый!
«Бийшара турмысы уқсамай перзентлерин аяққа қойыў ушын бир өзи ҳәрекет етип атыр екен дә, әкеси, әжағасы жоқпа екен», деп ойлап турсам, күйеўи де бар екен. Майып та емес, руўхый кесел де емес, төрт мүшеси де саў күйеўи бар екен. Бул гәпти еситтим де, тамам болдым. Ҳаялы Японияда қулдай жумыс ислеп ақша жиберип атыр, күйеўи Өзбекстанда балалары менен қалып мүддетли төлеўге үй, машина алып ҳәз етип жүр.
Қайинене-Қайыната: «Келин, сиз епшилсиз. Күйеўиңиз сәл аўыр жумысларға болмайды», деп Японияға жиберипти. Ҳайранман! Еситиўимизше, тек ғана Японияда бундай тәғдирлер бир неше екен. Россия, Түркияларды айтпай-ақ қояғояайын.
Ҳаў, ар мәселеси не болмақта еркеклер! Намыс не болмақта! Қашаннан ҳаялын, анасын, әжапасын, қарындасын шетке жиберип ақшасын ҳүждансызларша пайдаланып отырыў әпиўайы жағдайға айланды!
Бир ўақытлары еркеклер ҳаялын Өзбекстанға таслап, жыллап шетте жүриўин де сиңире алмайтуғын миллет едик. Енди болса, керисиншесине де көнлигиўимиз керек пе! Ҳасла.
Балалығымда, бир қоңсымыздың баласы жаңадан үйленген еди. Әкесине «Россияға кетемен», дегенин еситип қалған едим. Сонда әкеси: «Россияға кетсең кетебер дә, ҳайалыңды кимге таслап кетесең!» деген еди. Сол жигит Россия ҳаққында басқа гәп ашпаған еди. Қысқа мүддетке, ямаса бирге алып кетиўде машқала жоқ. Бирақ, шаңарақ институтына бундай зыян келтирмейик, берекет тапқырлар.
«Хабар.уз» материаллары тийкарында таярланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги