Жумысқа кириўде паспорт, мийнет ҳәм пенсия дәптершеси талап етилмейди

Өзбекстанда пуқаралардан жумысқа кириўде паспорт, мийнет ҳәм пенсия дәптершеси қабыл етилмейди.
Бул, кеше ғана қабыл етилген Мийнет кодексине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы нызамда нәзерде тутылған.
Нызам менен Мийнет кодексине «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексинде электрон түрдеги мийнет шәртнамасын рәсмийлестириў тәртибин енгизиў, мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс даўамлылығын белгилеў тәртибин ҳәм хызметкердиң мийнет ҳақысын есаплаў тәртибин өзгертиўди нәзерде тутыўшы қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ, «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамға муўапық хызметкерлер кешки ямаса сыртқы тәлим түринде оқыўы мүмкин болған билимлендириў шөлкемлериниң түрлерин анықластырыўшы өзгерислер киргизилмекте. Киргизилип атырған өзгерислерге бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысқа қабыллаў ўақтында жумысқа кирип атырған шахстың паспортына ямаса идентификациялаўшы ID-картасына, мийнет дәптершесине байланыслы мағлыўматларды еркин түрде, соның ишинде, мәлимлеме системаларындағы уйымлараралық интеграцияласыў платформалары арқалы сорап алады. Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң мийнетке байланыслы қатнасықларына байланыслы мийнет ҳаққындағы нызамшылықтың әмел етиўи «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы нызам менен тәртипке салынбаған бөлеги бойынша қолланылатуғыны белгиленди.
Ҳүжжет рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Ш.Маматуропова, ӨзА