Президент қол қойған  үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш «жаслар банки»не айландырылып, буған 200 миллион доллар ажыратылды.

292

Банк өзин-өзи бәнт еткен жаслар жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңилликли микроқарыз ажыратады.

Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбелермен болған, кеминде 20 жасты жумысқа алып, киши кәрхана ашқан ҳәм оқыў орайын шөлкемлестирген жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңилликли кредит бериледи.

Банк кредитлериниң кеминде 30 проценти ҳаял-қызлар исилерменлиги ушын қаратылады.

Аймақларда «жаслар бизнес инкубаторы» шөлкемлестирилип, жаслар идеялары стартапқа  айландырылады, 6 айдан 3 жылға шекем қоллап-қуўатланады, таяр бизнес, кәрхана дәрежесине алып шығылады.

«Алоқа венчур» қоры арқалы стартапларға 50 мыңнан 1 миллион долларға шекем инвестиция киргизилип, өним ҳәм хызметлерди ишки ҳәм халықаралық базарларда сатыў, бизнес шерик табыў, қосымша инвестицияларды тартыўға жәрдем бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги